«Бақсылар лапызы» көрсетиўи 2019 ж.
«Мийанкөл» қосығы
«Алпамыс» дәстанынан
Халық намасы
Атқарады : Айымхан Наўрызбаева
Гиржекте : Ерисбай Асқаров
Айымхан Наўрызбаева 1993жыл Қоңырат районында туўылған. Анасы ҳалық артисти Айымхан ападай ел таныған хош ҳаўаз ийеси болыўын нийетлеп атын Айымхан қойған. Ол бир неше жыллар даўамында ансамбль ағзасы болып иследи. Оның өмирлик жолдасы Ерисбай Асқаров ансамблдиң дөгерек басшысы болып ислеген ўақытларда ол да ансамбль ағзасы болып, бир неше концерт бағдарламаларда қатнасты. Ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық Есжан бақсы атындағы көркем-өнер мектебинде муғәллим болып ислеп атыр. Усы жылы Әжинияз атындағы Нөкис Мәмлекетлик Педагогикалық институтын музыкалық тәлим бөлими магистратурасын табыслы тамамлады. Ол Айымхан апа репертуарындағы «Нигәрим», «Гүлпақ», «Арыўхан», «Әмиўдарья» ҳәм басқада қосықларды суйип атқарады.
Негізгі бет «Мийанкөл» қосығы
Пікірлер