Бизге мәлим болыўынша, усы ўақытқа шекем Өзбекстан Республикасында 1 кВт электр энергиясын ислеп шығарыў баҳасы 970 сумды, 1 куб метр тәбийий газди ислеп шыгарыў баҳасы болса 1890 сумды қураған.
Бирақ, мәмлекет тәрепинен жеңиллик болыўы ушын электр энергиясы ҳәм де табийий газ халқымызға өзиниң баҳасында сатылмаған. Яғный, усы ўақытқа шекем мәмлекет 1 кВт электр энергиясын халыққа 295 сумнан жеткерип берген болса, қалған 675 сумын бюджет есабынан субсидия тәризинде төлеп келген. Бул жағдай тәбийий газге де қолланылған (1 куб метр газдиң 380 сумын халық, 1510 сумын мәмлекет төлеген)
Мағлыўмат ушын, мәмлекет бюджети бул - халық төлеген салық дегени. Демек, субсидия ушын ажыратылатуғын пулларда халықтың бюджети болып есапланады.
Өткерилген тәжрийбелерге көре, орташа бир шаңарақ, кондиционер, кир жуўыў машинасы, утюг, телевизор пайдаланғанда айына 183 кВт-саат электр энергиясынан пайдаланған болып шыққан.
Ал бассейинин ысытатуғын, сауна қурған бай шахслар болса айына 5 мың кВт-саат электр энергиясы ислеткен.
Әлбетте, 5 мың кВт-саат электр энергиясы өзиниң есабынан емес, мәмлекет бюджети есабынан "төленген". Берилип атырған субсидияның кәмбағалдан да көре, байларға көбирек пайдасы тийген.
Нәтийжеде 85 процент халқымыздан да көре, 15 процент бай шахслар ислететуғын электр энергиясы көлеми кескин асып кеткен.
Ҳүкимет қарарына көре, 2024-жыл 1-майдан баслап болса, бул әмелиятқа шек қойылады.
Ендигиден былай, көп электр энергиясынан ҳәм тәбийий газден пайдаланған шахслар мәмлекет бюджетине көбирек пул төлейди.
Негізгі бет Не ушын электроэнергия ҳәм тәбийий газдың классификацияланған тарифлери енгизилиўи керек болды?
Пікірлер: 1