Мен қарақалпақ мәдениятын шын жүректен жақсы көретуғын ҳәм қоллап-қуўатлайтуғын инсан - Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Өзбекстан телеканалы бас режиссеры Алишер Мадрахимов ҳаққында сөз етпекшимен.
Оның менен 2002-жылы Анам-Айымхан Шамуратова ҳаққында фильм сүўретке алыўға келген ўақтында танысқан едик. Жыллар өтип ол тез-тез музейимизге келип туратуғын ҳәм музейимиз ҳаққында көрсетиўлер таярлап "Өзбекстан" телеканалы арқалы эфирге берип турды. Оның мийнетсүйерлиги, кәсибине болған бийғәрез муҳаббаты ҳәм пидайылығы ҳаққында көпшиликтиң хабары бар болса керек.
Көп жыллардан берли Оның шаңарағы менен дослық қарым-қатнасымыз жақсы. Оның әжайып шаңарағы, өмирлик жолдасы- Гүлмира Мадрахимова "Нәўбәҳәр" ансамблине басшылық етеди. Концертти тамаша етип, Анам менен дос болған СССР халық артисти Мукаррама Турғанбаеваны еследим. Концерт әжайып өтти. Мадрахимовлар шаңарағы - дөретиўшилер шаңарағы.
Алишерге дөретиўшилик табыслар ҳәм шаңарағына бахыт тилеймен!
Ҳүрмет пенен "Әмет, Айымхан Шамуратовлар үй музейи" Директоры Айымгүл Шамуратова.
Негізгі бет Өзбекстан телерадиоканалы «Ассалом, Узбекистон» көрсетиўи
Пікірлер